Бәрше мөмин мусылманлар ушын муқаддес болған мүбәрек, Рамазан айын быйыл халқымыз мүнәсип тәризде жақсы нийетлер менен күтип алмақта.
Бүгин таӊ азаннан «Рамазан ҳайыт» байрамы мүнәсибети менен «Халық» жәме мешитинде «Рамазан ҳайыт» намазы оқылып, ата-бабаларымыздың руўхларына қуран қатым етилип халқымызға аўызбиршилик, молшылық тынышлық тиледи.
Буннан соң район ҳәкими Ж.Адилов, бәрше жәмәәтти, байрам сәнеси менен қутлықлап, елимизге қут-берекет мол ырысқы-несийбе тиледи.
Район мешити бас имам-хатиби Б.Надиров мүбәрек Рамазан айында Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен диний тараўына қаратып атырған итибарына миннетдаршылық билдирип, усы айда кем тәмийинленген, жетим балаларды қоллап-қуўатлаўы, ораза тутқан адамлар ушын ифтарлық дәстурханларының жайылыўы, жүрегинде нуқсаны бар балаларға бийпул операция жәрдемлериниң берилиўи ҳәм бир қанша ўатанласларымыздың умра зыяратында, Макка ҳәм Мадинада болып қатқанлығы бул да диний ўәкиллерине болған үлкен итибардың бир көринси екенлигин атап өтти.
Ҳақыйқатында да Рамазан халқымызды мийрим-шәпәәтликке, қайырлы ислерге бағдарлаўшы пазыйлетлеримизден саналанады.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети