Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районы ҳәкиминиң жаслар менен ушырасыўы болып өтти


Усы жылдың 11-апрель күни ҳүрметли Президентимиз басшылығында «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслар нәтийжелилигин асырыў ҳәм де олар менен ислесиў системасын және де жетилистириў» мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысы болып өткен еди.

Жыйналыста жаслар менен ислесиўдиң жаңаша системасын енгизиў бойынша ең әҳмийетли ўазыйпалар атап өтилди. 14-30 жас арасындағы жаслардың социал-экономикалық жағдайы, қәбилийети ҳәм қызығыўшылығы үйренип шығылып, оларды «жақсы», «орта» ҳәм «аўыр» жағдайда болған 3 тайыпаға ажыратылды. Олар менен мәнзилли ҳәм анық критерияларға таянған ҳалда ислесиў бойынша тапсырмалар берилди.

Бүгин, 26-апрель күни район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында жоқарыдағы видеоселектор жыйналысында белгилеп берилген тапсырмаларды басшылыққа алыў ҳәм район аймағындағы 3 тайпаға кириўши жасларды жуўапкерлерге бириктириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти.

Жыйналысқа район ҳәкими Ж.Адилов, 1-сектор аймағындағы 3 тайыпаға кириўши жаслар, олардың ата-аналары ҳәм жуўапкер мәкеме-шөлкемлер басшылары қатнасты. Жыйналыста 3-тайыпаға кириўши жасларға аймақлар кесиминде жуўапкерлер бириктирилип, жаслардың машқалаларын үйрениў, олардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда кәсипке бағдарлаў, ҳәм де ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Буннан соң район ҳәкими Ж.Адилов, жаслар менен сәўбетлесип олардың мүрәжәтларын, усыныс ҳәм пикирлерин тыңлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content