Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс төртинши сессиясы болып өтти.


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияға район сектор басшылары, районлық Кеңестиң депутатлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары  қатнасты.

Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими — Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барады.

Сессия күн тәртибине муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл 26-апрельге шекемги келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;
  1. Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды тәрепинен 2023-жылдың 3 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў барысында алып барылған жумыслары;
  1. Тахтакөпир районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жылдың I шерегинде әмелге асырылған жумыслары;

  1. 2023-жылдың I шереги даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслар ҳаққында;

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 29-декабрьдеги «2023-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы Нызамының орынланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-811-санлы қарары бойынша Тахтакөпир районы салық инспекциясы тәрепинен 2023-жыл I шереги даўамында бюджетке өндирилген салықлар ҳәм де исленген жумыслары;

 

  1. Тахтакөпир районлық «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан қаржы ажыратыў ҳаққында.
  2. Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан аўыл хожалығы кәрханаларын шөлкемлестириўге жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;
  3. Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылдың I шерегине орынланыўы;
  4. Тахтакөпир районында 2023-жыл I мәўсиминде Ашық бюджет ахборот порталы арқалы жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў;
  5. Тахтакөпир районы Мәденият бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары;

  1. Жаслар ислер агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен 2023-жылдың I шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққындғы мәселелери қарап шығылды.

Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content