Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районы 2-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Ердаўлетов Дархан Есенгалий улы, Информатика ҳәм информациялық технологиялары пәнинен еки басқышлы ашық олимпиадасы жеңимпазы болды


Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  2023-жыл 10-апрель күнги 1/8-санлы «Улыўма орта билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшылары арасында информатика ҳәм информациялық технологиялары пәнинен еки басқышлы ашық олимпиадасын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қоспа қарары тийкарында Тахтакөпир районлық басқышы 2023-жылдың 20-апрель күни мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы мектеп базасында judge.allpro.uz платформасы арқалы онлайн өткерилип жуўмағында 2-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Ердаўлетов Дархан Есенгалий улы 1-орын жеңимпазы болып Республика басқышына жолламаны қолға киргизген еди.

Сондай-ақ усы жылдың 29-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Информатика ҳәм информациялық технологиялары» пәнинен ашық олимпиадасының Республика басқышы болып өтти.  Ашық олимпиада Нөкис қаласынан ҳәм барлық районлардан 11-класс оқыўшылары қатнасында өткерилди.

Қызғын беллесиўлерге бай өткен олимпиада жуўмағында Тахтакөпир районы 2-санлы мектептиң 11-оқыўшысы Ердаўлетов Дархан Есенгалий улы 1-орын жеңимпазы болды ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ректоры ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мектепке шегемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content