Президентимиздиң тапсырмасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрь күнги «Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктура менен тәмийинленгенлик дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 500-санлы қарарына тийкар Тахтакөпир районы аймағындағы ишки көшелериндеги топырақ жолларды қум щебен араласпасы (ЩПС) жолына өткериў жумыслары алып барылмақта.
Усы қарар тийкарында 2023-жыл даўамында Тахтакөпир районы аймағындағы 14 км топырақ жолларды қум щебен араласпалы жолларға өткериў белгиленген болып, жойбарға 3 млрд.12 млн.сўм қаржы ажыратылған.
Бүгинги күнде районға 6649 метр куб ЩПС арнаўлы транспортлар жәрдеминде алып келинип, 21 көшедеги 6,14 км ишки жолларда оңлаў жумыслары алып барылды.
Атап айтқанда райондағы «Тахтакөпир» ППЖ аймағында 1,6 км, «Айдын жол» МПЖ аймағында 1,1 км, «Дәўир» МПЖ аймағында 3,1 км ҳәм «Қараой» АПЖ аймағында 0,34 км ишки жолларда оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Сондай-ақ белгиленген реже тийкарында район аймағындағы ишки көшелериндеги топырақ жолларды қум щебен араласпасы жолына өткериў жумыслары қызғын даўам етпекте.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети