Соңғы жылларда билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар, устазлардың жәмийетимизде тутқан орны ҳәм абырайы, билимлендириў тараўындағы жаратылып атырған кең имканиятлар ҳәм өзгерислер өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.
Сөзимиздиң дәлили сыпатында бүгин Тахтакөпир районында Президент билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы районлық қәнигелестирилген мектебиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Онда Тахтакөпир районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Т.Тоқымбетов ҳәм Нөкис қаласындағы Президент мектеби директоры М.Насыровлар сөзге шығып, имараттың ашылыў салтанаты менен мектеп жәмәәтин ҳәм оқыўшылардың ата-аналарын қызғын қутлықлады ҳәм мектептиң ишки ханалары, оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.
Айтып өтиў орынлы, мектептиң қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 1,5 млрд сўм қаржы ажыратылған болып, буйыртпашы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» Инжиниринг компаниясы, жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеўши «Адилбек Нукус» ҳәм де кесип алып ислеўши «NUR JANA QURÍLÍS» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери тәрепинен әмелге асырылды.
Бүгинги күнде мектепте 210 оқыўшы бар болып, соннан 129 қыз бала, 81 ер бала, жәми 10 класта билим алып атыр. Соның менен бирге, мектепте жәми 37 ислеўши болып, соннан 27 педагог хызметкер бар. Соннан 10 жоқары категориялы, 9 биринши категория, 5 екинши категориялы, 3 қәниге категориясына ийе. Мектепте 2 инглис тили, ҳәм 2 рус тили муғаллими C1, B1 сертификатына ийе.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети