Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районында 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 78 жыллығы кең түрде белгиленди.


Ғәрезсизлик жылларынан берли халқымыз, әсирлер даўамында бизиң туўылған үлкемизди, оның азатлығын, парахат турмысын, қаҳарманлық ҳәм пидәкерлик пенен қорғаған ўатанласларымыздың ҳүрметин есте сақлап бул сәнени салтанатлы түрде белгилеп келмекте.

Усы жылдың 8-май күни Тахтакөпир районында  9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» ҳәм Екинши жер жүзлик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илажда Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, сектор баслықлары, районлық қорғаныў бөлими хызметкерлери, районлық Кеңеси депутатлары, мийнет нураныйлары, әскерий миннетлемесин Аўғанстан елинде өтеп келген жаўынгерлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, район орайындағы «Шейитлер естелиги»не гүл қойды ҳәм әўладлар келешеги ушын жан пидә еткен ата-бабаларымызды еске алып, ҳүрмет көрсетти.
Бүннан соң район ҳәкими Ж.Адилов сөзге шығып, өз өмиринде көп қыйыншылықларды басынан кеширип, урыс жылларында ҳәм де буннан сонғы дәўирлерде мийнет еткен районымыздың барлық ветеранларын бул даңқлы сәне менен қутлықлады.


Байрам илажы районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content