Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

15-май халықаралық «Шаңарақ күни» мүнасибети менен мәҳәлледеги үлгили шаңарақлар арасында «Жаңа Өзбекстанның үлгили шаңарағы» атамасындағы көрик таңлаўы өткерилди


Тахтакөпир районы орайлық Мәденият бөлиминде Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими ҳәм Мәденият бөлими менен биргеликте 15-май халықаралық «Шаңарақ күни» мүнасибети менен мәҳәлледеги үлгили шаңарақлар арасында «Жаңа Өзбекстанның үлгили шаңарағы» атамасындағы көрик таңлаўы өткерилди.

Таңлаўдан мақсет улыўма инсаныйлық, миллий ҳәм шаңарақ қәдриятларын беккемлеў, шаңарақта перзент тәрбиясында ата-ананың орны, оларды Ўатанға мухаббат, ҳадаллық, мийнет сүйгиш кәмил инсанлар етип тәрбиялаўдан ибарат.

Таңлаўға район аймағындағы мәҳәллелерден үлгили шаңарақлар қатнасып, «Өз шаңарағын таныстырыў», «Бул мениң шаңарағым», «Шаңарақ муқаддес дәргай» атамасындағы үш шәрт бойынша өз-ара беллести.


Таңлаў жуўмағына көре:
1-орынды «Айдын жол» МПЖ аймағынан Базарбаевлар шаңарағы;
2-орынды «А.Адилов» АПЖ аймағынан Еғабуловлар шаңарағы;
3-орынды «Ғәрезсизлик» МПЖ аймағынан Әжимуратовлар шаңарағы ийеледи ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлықлары ҳәм де баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content