Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Тахтакөпир районы бөлиминиң Шарўашылықта нәсилшилик исин қадағалаў бойынша бас қәнигеси Х.Омаров ҳәм “Жаңадәрья” қаракөлшилик орайы баслығы Ш.Акаев пенен биргеликте райондағы “Мулик” аўыл пуқаралар жыйынының узақ аймағында жайласқан қаракөлшиликке қәнигелестирилген “Кенели сайғақ” фермер хожалығының ҳал жағдайынан хабар алынды.
“Кенели сайғақ” фермер хожалығы 2019-жылдан баслап шарўашылық тараўында искерлик көрсетип келмекте. Бүгинги күнде фермер хожалығында 400 ден аслам қаракөл қойлары бағылып, елимизде қаракөлшиликти раўажланлырыў жолында өзиниң салмақлы үлесин қосып келмекте.
Инспекцияның Тахтакөпир районы бөлиминиң Шарўашылықта нәсилшилик исин қадағалаў бойынша бас қәнигеси Х.Омаров тәрепинен фермер хожалықта бағылып атырған қаракөл қойларының сақланыў ҳәм көбейттирилиўи бойынша исленип атырған жумыслар жағдайы үйренип шығылды ҳәм анықланған қәте-кемшиликлер бойынша өзиниң тийисли көрсетпелерин берди.
Сондай-ақ, фермер хожалық исшилерине шарўашылық тараўына тийисли нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында үгит-нәсият жумысларын алып барды ҳәм бөлим тәрепинен таярлаған азық-аўқат өнимлерин тапсырды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети