Ҳәзирги күнде пластик карталар менен әмелге асырылатуғын операциялар артып барыўы менен бирге пластик карталардан қәрежетлерди өзлестириў (урлаў) менен байланыслы алдаўшылық жағдайларыды көбеймекте. Әсиресе, интернет тармағы, социаллық тармақларда жаңадан жаңа алдаўшылық түрлери пайда болмақда.
Атап айтқанда, сонғы ўақытларда телеграмм мессенжеридеги түрли каналларда «топарға сонша адам қоссаңыз, есап бетиңизге бунша қәрежет өткизиб беремиз» мазмуныдағы дағазалар көбеймекте. Бул шәртлер орынланғаннан соң алдаӯшылар өзин банк хызметкери ямаса түрли акциялар шөлкемлестириўшиси сыпатында таныстырып, картаға мәлим муғдарда пул өткерип бериўди, ол ушын болса карта тәртип санларын ҳәм карта ийесиниң мобил телефонына келген «Тастыйқлаўшы код»ты сорайды. Бул кодты оларға улыўма әшкара қылмаў керек ҳәм де бундай шахслар ҳаққында ҳукық қорғаў органларына хабар бериў лазым.
Пластик карталардан қәрежетлерди өзлестириў (урлаў) менен байланыслы алдаӯшылық жағдайларының алдын-алыў мақсетинде пукаралардың төмендеги тәртиплерге әмел қылғаны мақсетке муўапық болады.
- Егер сизге кимдур пул өткериўди қалесе, оған пластик картаңыздың тәртип санларын бериўиңиздин өзи жеткиликли болады. Басқа мағлыўматларды әшкара қылман.
- Егер сизге банк атынан гүманлы қоныраў ямаса SMS хабарнама келсе, өзиңиз банкке қоңыраў етип анықлық киритиң.
- Интернет тармағында ҳәм социаллық тармақлардағы ҳәр түрли мобил дәстүрлерди телефоныңызга жүклеп алмаң ҳәмде оларға кодларды киритпен.
- Пластик картаңыз арқалы әмелге асырылып атырылған транзакциялар ҳаққында хабарнама хызметин қостырын, сондай-ақ карта арқалы жумсалатуғын қәрежетлер суммасына шеклеў (лимит) орнатың.
- Кибер жынаятшылар социаллық тармақлар арқалы ҳәр түрли дағаза ҳәм хабарлар менен карта ийелерине СМС-хабарнамалар жолламақда. Бундай хабарларға жуўап бермең.
- Саўда ҳәм хызмет көрсетиў орынларында төлеўлерди әмелге асырып атырған ўақтыңызда бийтаныс шахсларға пластик картаңыздың жеке ПИН-код тәртип санын әшкара қылмаң.
- Егерде пластик карта есап бетиңиздеги пулларыңыздың нызамсыз шешилгенин ямаса басқа есап бетлерге өткерилгениң билсеңиз дәрҳал банкке ҳәмде ҳуқық қорғаў органларына мүрәжаат етиң.
Өзбекстан Республикасы Бас пракуратурасы жаныңдағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы бөлими баслығы, әдиллик кеңесшиси Р.А.Жарылкаганов
Мүрәжат ушын телефон:
+998-97-221-29-92
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети