Бүгин барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класын тамамлап, үлкен өмир жолына қəдем қойып атырған питкериўши жаслар ушын умытылмас күн, себеби бул күн питкериўшилерди жаңа өмир ҳəм үлкен жолға қəдем таслаўына бағдарлаўшы күн.
Ерте таңнан районымыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде соңғы қоңыраў сеслери жаңлады.
Тахтакөпир районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Илимди қәдирлең, илимге умтылың!» ураны астында өткерилген «Соңғы қоңыраў» кешесине район ҳəкими Ж.Адилов ҳəм кең жəмийетшилик ўəкиллери қатнасты.
Илажда район ҳəкими Ж.Адилов мектеп питкериўшилерин шын кеўилден қутлықлап, Президентимиздиң питкериўши жасларға жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.
Бүгин бул билим дәргайында 633 оқыўшы билим сырларын үйренип атырған болса, соннан, 24 оқыўшы мектепти табыслы тамамлап үлкен өмирге қәдем қоймақта.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети