Тахтакөпир районы «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 13-санлы мектепте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының 2023-жыл 6-апрель күнги SQ-709-IV-санлы қарары менен тастыйықланған «Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм де нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасының және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айрым нызам ҳәм ҳүжжетлерине өзгерилислер киритилиўи ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамыныӊ орынланыўын тәмийинлеў ҳәм оныӊ мазмун-мәнисин, әҳмийетин халық арасында кеңнен түсиндириў мақсетинде үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.
Онда район ҳәкиминиӊ орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, районлық Ишки ислер бөлими ҲПБ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, аға лейтенант Б.Бахиева, Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бас қәнигеси И.Абдижамилов ҳәм усы аймақтағы ҳаял-қызлар қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен, ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм де нызамлы мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған нызам ҳүжжетлердиӊ мазмун-мәниси кеӊнен түсиндирилди ҳәм қатнасыўшылар нызам бойынша өзлерин қызықтыған сораўларына жуўаплар алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети