Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс бесинши сессиясы болып өтти.


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс бесинши сессиясы болып өтти.

Сессияға район ҳәкиминиӊ тийисли орынбасарлары, районлық Кеңестиң депутатлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары  қатнасты.

Сессия күн тәртибине муўапық:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл 26-майға шекемги келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;

– Тахтакөпир районы аймағында «Ҳаяллар дәптери» бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм де материаллық жәрдем ажыратыў ;

– Тахтакөпир районы аймағындағы социал тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында модернизациялаў;

– Тахтакөпир районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шәрт-шәраятларын жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары;

– Тахтакөпир районлық «Сақаўат ҳәм көмек» қоры есабынан қаржы ажыратыў;

– Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылдың I шереги даўамында дәраматлар режесиниң орынланыўы ҳәм артықша орынланған бөлегинен сарыпланған қаржылары;

– Тахтакөпир районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен 2023-жылдың I шерегине режелестирилген жумысларының орынланыўы;

– Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан дийқан хожалығын шөлкемлестириў ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;

– Тахтакөпир районлық Ирригация бөлими тәрепинен район аймағында суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў, сондай-ақ, районда суўды тежеўши тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизилиўи;

– 2023-жылдың 4 айы даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2023-жыл 11-апрель күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў илажлары;

– Тахтакөпир районы бойынша мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши участка сайлаў комиссиялары қурамына талабанларды усыныў ҳаққындағы мәселелери қарап шығылды.

Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content