Усы жылдың 11-апрель күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олар менен ислесиў системасын және де жетилистириў ис-илажлары»на бағышланған видеоселектор жыйналысында жаслар менен ислесиўдиң жаңа системасын белгилеп берилген еди.
Сол тийкарда, Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйынында болып, өзине бириктирилген жаслар ҳәм олардыӊ ата-аналары менен жеке сәўбетлести ҳәм олардың машқалалары, пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Жеке сәўбетлесиў даўамында жаслардың машқалаларынан келип шығып, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық көмекке мүтәж жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға сапалы билим бериў, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм бос ўақытларын туўры шөлкемлестириў, олар арасында ҳукықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Буннан соӊ, район ҳәкими тийисли тараў басшылары менен биргеликте үйме-үй жүрген ҳалда аймақтағы жаслардыӊ ҳалынан хабар алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети