Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 22-февраль күнги «Улыўма орта билимлендириў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлер питкериўшилерин хошаметлеўди және де жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 154-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң қәбилетли питкериўшилерине алтын ҳәм гүмис медаллары салтанатлы түрде тапсырылды.
Илажда район ҳәкими Ж.Адилов, районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы М.Алламбергенова, район аймағындағы мектеп директорлары, оқыўшы жаслар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, мектеп питкериўшилерин жетискенликлери менен шын кеўилден қутлықлап, оқыўшыларға алтын ҳәм гүмис медаллары, олардың ата-аналарына район ҳәкимлиги тәрепинен таярланган саўғалар, миннетдаршылық хатлары ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Сыйлықлаў салтанаты Мәденият бөлими тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламалары, ойын заўықлары менен даўам етти.
Алтын ҳәм гүмис медаллар менен сыйлықланған оқыўшылар:
1-мектеп Абилазизова Жайна Абдинәсир қызы Алтын медал
3-мектеп Қаллихожаева Ҳүрзия Ансатбай қызы Алтын медал
3-мектеп Жоллыбаева Зульфия Дәўлетбай қызы Алтын медал
4-мектеп Джумагулова Мадина Тореқул қызы Гүмис медал
4-мектеп Сайлибаева Арманай Ғабит қызы Алтын медал
5-мектеп Даўлетназарова Гүлмира Нурлыбай қызы Алтын медал
5-мектеп Қаржаўбаева Камила Бахтияр қызы Алтын медал
5-мектеп Қуандикова Алия Мади қызы Алтын медал
7-мектеп Ергабулова Арай мурат қызы Алтын медал
7-мектеп Нуриллаева Қуралай Жумабек қызы Алтын медал
10-мектеп Ҳамидуллаев Абдулла Қайрулла улы Алтын медал
12-мектеп Ратбаева Жаннур Тохтар қызы Алтын медал
13-мектеп Абдижамалова Мехрибан Есбоған қызы Алтын медал
13-мектеп Бердигалиева Нургүл Тохтар қызы Алтын медал
17-мектеп Бекмурзаева Албина Ареп қызы Алтын медал
17-мектеп Бимаханова Айсулыў Шойын қызы Алтын медал
17-мектеп Таўбаева Гүлдәўрен Гани қызы Алтын медал
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети