Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районында ғәлле орымы қызғын даўам етпекте


Тахтакөпир районында жәми 115 фермер хожалықлары тәрепинен 3300 гектар жер майданларына жоқары сортлы бийдай туқымы егилген болып,  6870 тонна бийдай тапсырыў режеси белгиленген. Сондай-ақ, бүгинги күнде фермер хожалықлары тәрепинен 1696 тонна бийдай (24,7 %) тапсырылды.

Усы жылдың 21-июнь күни «Өзбекстан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Амет-тахта» фермер хожалағының 2023-жыл ҳасылы ушын егилген ғәллениң орым-жыйым жумысларына район ҳәкими Ж.Адилов қатнасып,  дийқанның халық ийгилиги жолында ислеп атырған машақатлы жумысларында таўсылмас күш-ғайрат ҳәм қырманға берекет тиледи.

Сондай-ақ, «Амет-тахта» фермер хожалағы тәрепинен жәми 100 гектар жер майданларына бийдай туқымы егилген болып, 212 тонна бийдай тапсырыў режеси белгиленген. Бүгинги күнде фермер хожалағы тәрепинен 104,6 тонна бийдай (49,4 %) тапсырылды.

Соныда атап өтиў орынлы,  фермер хожалықлары тәрепинен егилген ғәллениң орым-жыйым жумыслары жоқары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content