Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Районлық Мәденият ҳәм туризм бөлимине тапсырылған «Damas» автомобили бүгин районымызға жетип келди


Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 3-июль күни Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги тәрепинен Республиканың 32 район (қала) Мәденият ҳәм туризм бөлимлерине «Damas» автомобили тапсырылған еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын және де раўажландырыўға қаратылған қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар, Тахтакөпир районы Мәденият ҳәм туризм бөлимине тапсырылған «Damas» автомобили бүгин районымызға жетип келди.

Бул автотранспорт қуралын район ҳәкими орынбасары Ш.Бектурғанов, районлық Камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке комеклесиў бөлими орынбасары М.Щербеков ҳәм Мәденият ҳәм туризм бөлими жәмәәти жоқары дәрежеде күтип алды.

Онда сөзге шықканлар, барлық мәденият ҳәм көркем өнер ҳызметкерлерин бул қуўанышлы күн менен қутлықлап, усы транспорт қуралы район халқына, соның менен бир қатарда ең шетки аймақларда өткерилетуғын мәдений-ағартыўшылық илажлар сапасының раўажланыўына хызмет етиўин айтып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content