Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 12-июнь күни «Кәмбағаллықты қысқарттыўда исбилерменлик субъектлери менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған илажлар ҳаққында»ғы ПП-93-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Усы Парманға муўапық Республикада кәмбағаллықты қысқарттыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў жумысларын жаңа басқышқа алып шығыў, бул жумысларға исбилерменлик субъектларин мәпли шериклик тийкарында тартыў ҳәм оларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде «20 мың исбилермен – 500 мың тәжирийбели қәнийге» бағдаламасын әмелге асырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Усы бағдарда бүгин, Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 12-июнь күнги ПП-93-санлы Пәрманында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм исбилерменлер ушын жаратылған жаңа имканиятларды кең түрде үгит-нәсиятлаў бойынша семинар болып өтти.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм район ҳәкиминиң биринши орынбасары Д.Жанабаев, исши топар ағзалары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм де район аймағындағы бир қатар исбилерменлер менен биргеликте тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.
Семинарда сөзге шыққанлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 12-июнь күнги ПП-93-санлы Пәрманында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм исбилерменлер ушын жаратылған жаңа имканиятлар ҳаққында айтып өтип, «20 мыӊ исбилермен – 500 мыӊ тәжирийбели қәнийге» бағдарламасының мазмун-мәнисин кеңнен түсиндирди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети