Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адиловтың жеке қабыллаўы болып өтти


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыӊлаў мәқсетинде гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти.


Қабыллаў даўамында пуқаралар бәнтлик, материаллық жәрдем, медициналық жәрдем, ишимлик суў ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары бойынша мүрәжат етти.

Пуқаралардың мүрәжатларынан айырымлары сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге анық тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content