Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 67-сессиясы болып өтти.
Сессияға районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары менен мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасты.
Сессия күн тәртибине муўапық:
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының 2023-жылдың II шереги даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатларды ҳәм секторлар тәрепинен алып барылып атырған жумысларды ҳәм де машқалаларды ҳәр тәреплеме талқылаў;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл 1-июльға шекемги келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;
– Тахтакөпир районы аймағында «Ҳаяллар дәптери» бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм де материаллық жәрдем ажыратыў;
– Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў барысында алып барылған жумыслары;
– Тахтакөпир районы прокуратурасы тәрепинен 2023-жыл 6 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Нызамлары, Президент Пәрманлары, Қарарлары, Министрлер Кабинетиниң қарарлары, Өзбекстан Республикасы Бас прокурор буйрық ҳәм көрсетпелерин орынлай отырып, район аймағында нызамшылықты беккемлеў, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм де болдырмаўға қаратылған илажлары;
– 2023-жылдың II шереги даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары;
– Тахтакөпир районы Медицина бирлеспеси тәрепинен халыққа медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм медициналық хызмет сапасын жақсылаў бойынша 2023-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары;
– Тахтакөпир районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жылдың II шерегинде әмелге асырылған жумыслары;
– Мәжбүрий орынлаў бюросы Тахтакөпир районы бөлими тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде әмелге асырылған жумыслары;
– 2023-жылдың 6 айы даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары;
-Тахтакөпир районлық «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан қаржы ажыратыў;
– Тахтакөпир районы аймағында «Темир дәптери» бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм де «Темир дәптери»нен шығарылатуғын шаңарақлардың дизимин тастыйықлаў;
– Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 2023-жыл 26-май күнги VI-65-85-13-189-K/23-санлы шешимине өзгерис киргизиў;
– Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң ҳәм турақлы комиссияларының 2023-жылдың II ярым жыллығына мөлшерленген ис-режелерин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелери қарап шығылды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети