Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Социаллық қорғаўға мүтәж шахсларды анықлаў ҳәм олардың миллий базасын қәлиплестириў бойынша хатлаў жумысларын шөлкемлестириўге бағышланған семинар өткерилди


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси З.Аралов, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпакстан Республикасы басқармасы бас юрист мәсләҳәтшысы А.Шамуратовлар басшылығында социаллық қорғаўға мүтәж шахслардың базасын қәлиплестириў бойынша хатлаў жумысларын шөлкемлестириўге бағышланған семинар өткерилди.

Семинарға район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, мәкеме, шөлкем баслықлары ҳәм 17 мәҳәлле беслик хызметкерлери қатнасты.

Бунда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-июнь күнги «Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў ҳәм де оны нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы 82-санлы Пәрманы тийкарында социаллық қорғаўға мүтәж шахсларды анықлаў ҳәм олардың миллий базасын қәлиплестириў бойынша хатлаў өткериў тәртибин таныстырды.

Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content