Бүгин, Тахтакөпир районы Мәденият сарайында «Нураныйлар қоры» Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң басламасы менен Тахтакөпир районы ҳәкимлиги тәрепинен «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» сүрени астында «Үш әўлад ушырасыўы» шөлкемлестирилди.
Ушырасыў кешесинде дәслеп узақ жыллар даўамында елимиз ҳәм халқымыз ушын пидайы мийнет еткен нураный аналар жаслар тәрепинен ҳүрмет-иззет көрсетилип күтип алынды.
Ушырасыўды район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов кирис сɵз бенен ашып, елимиздиӊ раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар нураный ата ҳәм аналарымыздың ийгиликли ислерин айрықша атап өтти.
Буннан соӊ «Нураныйлар қоры» Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаббаров, Өзбекстан Қаҳарманы С.Сейтназаров ҳәм басқалар сөзге шығып, турмысымызда үлкен тәжирийбе мектебин жаратып үлгерген нураныйларымыздың ɵмир жолы менен мол турмыс тәжирийбеси бүгинги әўладқа ɵрнек болатуғынлығын айтып өтти.
Ушырасыў даўамында бир қатар нураныйларымызға естелик саўғалары тапсырылды ҳәм районның пайызлы орынларының биринде үш әўлад ўәкиллери ушын дәстүрхан жайылды.
Илаж, елимиз ардағындағы қосықшылар, бақсы ҳәм жыраўлардың қатнасыўында йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети