Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Өзбекстан Экологиялық партиясы Тахтакөпир районы Кеңеси тәрепинен «Өзбекстан Экологиялық партиясы искерлиги: 1-ярым жыллық жуўмағы ҳәм келеси 6 ай даўамындағы әҳмийетли ўазыйпалар» атамасындағы нәўбеттеги Кеңес жыйналысы болып өтти.


Бүгин, Өзбекстан Экологиялық партиясы Тахтакөпир районы Кеңеси тәрепинен «Өзбекстан Экологиялық партиясы искерлиги: 1-ярым жыллық жуўмағы ҳәм келеси 6 ай даўамындағы әҳмийетли ўазыйпалар» атамасындағы нәўбеттеги Кеңес жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста Кеңес ағзалары, ҳаяллар ҳәм жаслар қанаты жетекшилери, Басланғыш партия шөлкеми белсендилери, Халық депутатлары Тахтакөпир районы Кеңеси секретариат баслығы  Қ.Елмуратов, партия депутатлары Қ.Жоллыбеков, М.Асқаров ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселелер – усы жылдың 6 айы даўамында партия шөлкеми ҳәм де депутатлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар  бойынша жуўапкерлер есабаты, келеси дәўир ушын ис-илажлар режесин ҳәм әҳмийетли мақсетлерди белгилеў, ҳаяллар хам жаслар қанаты тәрепинен өткизилип атырған ис-илажлар, партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаў барысында исленип атырған жумыслар көрип шығылды.

Сондай ақ, партия шөлкеми тәрепинен келеси 6 ай даўамында әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content