Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Ашық ҳәм көшпели суд мәжилиси өткерилди


Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы Д.Сражатдинов тәрепинен 2023-жыл 20-июль күни Тахтакөпир районы  «А.Адилов» аўыл пуқаралар жыйыны имаратында ашық ҳәм көшпели суд мәжилиси өткерилди.

Көшпели суд мәжилисинде бир пуқараның қарсысындағы жынаят иси көрип шығылды ҳәм Тахтакөпир районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлик хызмети пробация топары есабында турып жаза мүддетин өтеп атырған төрт пуқараның жаза өтеў дәўиринде ислеген жынаятынан шын кеўилден пушайман болып, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғанлығы ушын район суды тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясына тийкар жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

Суд мәжилиси соңында суд баслығы тәрепинен пуқаралар арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың алдын алыў бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content