Мәмлекетимизде мәмлекет уйымлары ҳәм лаўазымлы шахслардыӊ хызмети үстинен нәтийжели суд бақлаўын орнатыў, сондай-ақ пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниӊ әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў, орынлаўшы ҳәкимият уйымларыныӊ ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларыныӊ, лаўазымлы шахслардыӊ Өзбекстан Республикасы Конституциясына ҳәм нызамларына муўапық хызмет жүритиўин тәмийинлеў барысында даўамлы реформалар әмелге асырылмақта.
«Мәмлекетлик уйымлар менен мүнәсибетлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў бойынша қосымша иләжлар көрилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 26-апрель күнги 833-санлы Нызамы қабылланды.
Нызам менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ҳәм басқада нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, судқа тийислилик қайдаларын бузған ҳалда ҳәкимшилик судына берилген болса, арза (шағым) тийислиги бойынша пуқаралық ислери бойынша судқа яки экономикалық судқа көриб шығыў ушын өткериледи.
Егер арза (шағым) судқа тийислилик қайдаларын бузған ҳалда ис жүритиўге қабыл етилгенлиги исти көрип атырған ўақытта анықланса, ҳәкимшилик суд ис материалды судқа тийислиги бойынша пуқаралық ислери бойынша судқа яки экономикалық судға көриб шығыў ушын өткериди ҳәм ҳәкимшилик исти ис жүритиўден тамамлаў ҳаққында уйғарыў шығарады.
Буннан тысқары, басқа судтан тийислилиги бойынша келип түскен арза (шағым)да кемшиликлер болса оны да арза ийесине қайтармастан, усы кемшиликлерди сапластырыў ушын арза бериўшиге он күнге шекем мүддет бериледи, арза ийеси бул мүддетте кемшиликти сапластырмаған жағдайда ғана арза (шағым) ийесине қайтарылады.
Егер кемшилик сапластырылса, ис жүритиўге қабыл етиледи.
Нызамларға киргизилген өзгерислер пуқараларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине ҳәкимшилик судларға мүрәжәәт етиўде жеңилликлер пайда етеди ҳәм ҳәкимшилик судлар тәрепинен олардың бузылған ҳуқықларын тиклеўде оғада әҳемийетке ийе.
Бул болса халықтың судқа болған исенимин беккемлеўге, судлардың ислерди көриў нәтийжелилигин асырыўға хызмет етеди.
Б.Досымбетов
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети