Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Белтаўда «Бөршитаў шаңарақ шыпакерлик пункти» өз жумысын баслады


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрель күнги ««Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5048-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында «Бөршитаў шаңарақ шыпакерлик пункти» имаратының капитал оңлаў жумыслары ушын 500,0 млн.сўм қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары толығы менен жуўмақланды хәм пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен шаӊарақ шыпакерлик пунктиниӊ ашылыў салтанаты өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары Қ.Камалов, район ҳәкиминиң орынбасары Т.Тоқымбетов, районлық медицина бирлеспеси баслығы Ы.Палўанов ҳәм де аўыл турғынлары жасы үлкен нураныйлар қатнасты.

Бөршитаў шаңарақ шыпакерлик пунктинде лаборатория, акушер, ЭКГ ханалары, шаншыў бөлмеси, балалар ҳәм ересек адамлар ушын күндизги стационар жолға қойылған болып, 1 улыўма әмелият шыпакери, 6 орта буўын мийирбийкелери, 5 киши буўын хызметкерлери аўыл халқына медициналық хызмет көрсетеди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content