Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезексиз пленумы болып өтти.
Пленумда Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жуўаплы хызметкерлери, районлық партия Кеңеси ағзалары ҳәм белсендилери қатнасты.
Пленумда партия районлық Кеңесиниң 2023-жылдың өткен 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар сын көз-қарастан көрип шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы орынбасары Р.Отарбаев баянат жасап, усы жылдың өткен 6 айы даўамында партия қурамына жаңа ағзалар қабыл етиў, басланғыш партия шөлкемлерин ашыў, партия ағзалық төлемлери ис-режелери орынланыўы бойынша көрсеткишлердиң төмен дәрежеде болғанлығын атап өтти.
Буннан соң бир қатар партия белсендилери сөзге шығып, партия районлық Кеңеси жумысларын жанландырыў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Пленумда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы лаўазымына Пиримбетов Нажиматдин Кайратдиновичтың кандидатурасы усынылды.
Усынылған талабан районлық партия Кеңеси ағзалары тәрепинен даўыс бериў жолы менен қоллап-қуўатланып Пиримбетов Нажиматдин Кайратдинович Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы лаўазымына сайланды.
Пленум жуўмағында Н.Пиримбетов сөзге шығып өзине билдирилген исенимди ақлаўға бар билим ҳәм тәжирийбесин жумсайтуғынлығын билдирди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети