Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыӊлаў мәқсетинде гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаў даўамында пуқаралар, ишимлик суў ҳәм қыйтақ жерин суўғарыў мәселеси, түрақ жайын шиферлаў ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары бойынша мүрәжат етти.
Пуқаралардың мүрәжатларынан айырымлары сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге анық тапсырмалар берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети