Бүгин, 3-август күни Тахтакөпир районлық Мәденият орайында «Бир нураный он жасқа жуўапкер» көрик-таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Таңлаўға «Бир нураный он жасқа жуўапкер» принципи тийкарында мәҳәллелерде өзиниң бай ис-тәжирийбесине ийе болған нураныйлар қатнасты.
Онда нураныйлар көрик-таңлаў талапларына муўапық үш шәрт бойынша өзлериниң билим ҳәм тәжирийбесин сынаўдан өткерди.
Таңлаўдың жуўмағында «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйынынан Бибихан Сейтназарова сыйлы биринши орынды, «Қоңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйынынан Азат Бердамбетов екинши орынды ҳәм «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйынынан Муратбай Залиев үшинши орынды жеңип алыўға мияссар болды.
Таңлаў жеңимпазлары «Нураный қоры» Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен ақшалай сыйлық ҳәм Тахтакөпир районы «Нураный қоры» бөлиминиң ҳүрмет жарлықлары менен сыйлыкланды ҳәм биринши орынды жеңип алған «Тахтакөпир» посёлкалық пухаралар жыйынының белсенди нураныйы Бибихан Сейтназарова Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Буннан соң, Мәденият бөлими тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламалары келген мийманлардың нәзерине усынылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети