Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексиниң 151-бабында келисиў питими көрсетилген болып онда, тәреплер ҳәкимшилик суд ислерин жүритиўиниң барлық басқышларында ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў даўамында даўаны келисиў питимин дүзген ҳалда толық көлемде яки қысман шешиўи мүмкин.
Тәреплердиң келисиўи ықтыярый, ғамқорлық ҳәм тең ҳуқықлылық принциплери тийкарында әмелге асырылады.
Тәреплердиң келисиўине тек жуўапкерде ҳәкимшилик ықтыярыйлық (дискрецион ўәкиллик) бар болғанда жол қойылады.
Тәреплердиң келисиўи тек олардың даўлы ғалабалық ҳуқықый қатнасықлар субъекти сыпатында ҳуқық ҳәм миннетлемелерине тийисли болыўы ҳәмде тәреплердиң өз ара келисимге жол қойылған жағдайда әмелге асырылыўы мүмкин.
Келисиў питими суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин дүзилген деп есапланады.
Усы Кодекстиң 27-статьясы биринши бөлиминиң 1, 3, 4 ҳәм 5-бәнтлеринде нәзерде тутылған ислер бойынша, сондай-ақ үшинши шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине тийисли болған шәртлерди нәзерде тутатуғын ислер бойынша келисиў питиминиң дүзилиўине жол қойылмайды.
Келисиў питими жазба түрде дүзиледи ҳәм оны дүзген шахслар тәрепинен имзаланады. Келисиў питими әлбетте орынлаўға байланыслы талапларға жуўап бериўи ҳәмде онда миннетлемелерди орынлаўдың тәреплер тәрепинен келисилген шәртлери, тәртиби ҳәм мүддетлери ҳаққында қағыйдалар, сондай-ақ суд қәрежетлерин бөлистириў ҳаққындағы шәртлер ҳәм нызамға қайшы болмаған басқа шәртлер көрсетилиўи керек.
Тәреплер тәрепинен келисиў питими шәртлери бойынша қабыл қылынған миннетлемелердиң орынланыўы тәреплерди бир-бирине яки басқа ўақыяларға (ҳәрекетлерге) байланыслы етип қойыўы мүмкин емес.
Келисиў питими суд қәрежетлерин бөлистириў ҳаққындағы мәселеге қарата да дүзилиўи мүмкин. Егер келисиў питиминде суд қәрежетлерин бөлистириў ҳаққындағы шәрт болмаса, суд бул мәселени келисиў питимин тастыйықлаў ўақтында, усы Кодексте белгиленген улыўмалық тәртипте шешеди.
Келисиў питимин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени көрип шығыўда питимниң нызам талапларына муўапықлығы ҳәмде үшинши шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслылығын анықлаў ушын суд исте қатнасыўшы шахслар тәрепинен усынылған истиң ҳақыйқый жағдайларын, ўәжлер ҳәм дәлийллерди тексереди, оларға баҳа береди.
Келисиў питимин тастыйықлаў бойынша суд уйғарыў шығарады, онда ис жүритиў толық яки қысман тамамланғанлығы көрсетиледи.
Келисиў питими апелляция, кассация инстанциясы суды тәрепинен тастыйықланған жағдайда, уйғарыў шығарылып, ис бойынша алдын қабыл қылынған барлық суд ҳүжжетлери усы уйғарыў менен бийкар қылынады ҳәм ис жүритиў тамамланады. Келисиў питимин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени апелляция, кассация инстанциясы суды тәрепинен көрип шығыўда тийисли суд ҳүжжетиниң нызамлылығы ҳәм тийкарлылығы тексерилмейди.
Келисиў питими суд ҳүжжетин орынлаў басқышында дүзилген жағдайда, питим исти көрген биринши инстанция судына тастыйықлаў ушын усынылады.
Сул келисиў питимин қысмас тастыйықлаўға, өзгертиўге яки оннан тәреплер тәрепинен келисилген биран-бир шәртти шығарып таслаўға ҳақылы емес. Суд усы питимнен нызамға қайшы болған яки үшинши шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине тийисли болған айырым шәртлерин шығарып таслаўды тәреплерге усыныс етиўге ҳақылы.
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды судьясы
Г.Байназарова
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети