Бүгин, Тахтакөпир районы сектор басшылары тәрепинен район аймағында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери менен кешки иләж өткерилди.
Онда хызметкерлерге түнги ўақытта ɵзлерине бекитилген аймақларында ҳәр қандай хуқықбузарлықларға шек қойыў, жынаятларды болдырмаў, пуқаралардың тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, бағдарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Буннан соң, Тахтакөпир районы прокуроры Р.Жалелов ҳәм районлық Ишки ислер бөлими баслығы М.Баўетдиновлар, мәҳәлледеги профилактика инспекторлары ҳәм мәҳәлле жуўапкерлери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде «Тахтакөпир» ППЖ ҳәм «А.Адилов» АПЖ мәҳәлесинде болды.
Үйрениў даўамында жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында профилактика инспекторы тәрепинен белгилеп алынған ис-режелердиң өз мүддетинде орынланыўы бойынша жумыслар менен танысып, тийисли көрсетпелерди берип өтти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети