Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 70-сессиясы болып өтти.
Сессияға район ҳәкиминиӊ тийисли орынбасарлары, районлық Кеңестиң депутатлары, пуқаралар жыйыны баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары қатнасты.
Сессия күн тәртибине муўапық:
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының 2023-жылдың 9 айы даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатларды ҳәм секторлар тәрепинен алып барылып атырған жумысларды ҳәм де машқалаларды ҳәр тәреплеме талықлаў;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл 1-октябрьге шекемги келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;
– Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 4-басқышына киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;
– Тахтакөпир районлық «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан қаржы ажыратыў;
– Тахтакөпир районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жылдың III шерегинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәм де ҳуқықты қолланыў әмелиятының аўҳалы бойынша бөлим баслығының мәлимлемеси;
– «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўындағы машқалалар ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслары;
– Тахтакөпир районы Ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының «2023-жылдың 9 айы даўамында район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққында»ғы есабаты;
– Тахтакөпир районы Медицина бирлеспеси тәрепинен халыққа медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм медициналық хызмет сапасын жақсылаў бойынша 2023-жылдың 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары;
– Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 2023-жыл 21-сентябрь күнги «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрель күнги «Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПҚ-5072-санлы қарарына тийкарланып Тахтакөпир районы бойынша 2023-жыл 2-мәўсиминде жеңимпаз болған жәмәәтшилик пикири тийкарында қәлиплескен усынысларды қаржыландырыў ҳаққында»ғы VI-69-140-13-189-K/23-санлы шешиминиң қосымшасына өзгерис киргизиў ҳаққындағы мәселелери қарап шығылды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети