Хош хабар!
Бүгин Республикамыздың пайтахты Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы»ның 2-мәўсими шеңберинде «Миллий ҳәм заманагөй саз атқарыўшылығы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Өткерилген таңлаўда районымыз жаслары мүнәсип қатнасып, сыйлы орынларды жеңип алыўға мияссар болды.
Атап айтқанда,
-«Қараой» АПЖ аймағынан 10-15 жас категориясы (гитара) бойынша Оразбаев Айдос 3-орынды;
-«А.Адилов» АПЖ аймағынан 16-22 жас категориясы (гитара) бойынша Есенбаев Азамат 1-орынды;
-«Ғәрезсизлик» МПЖ аймағынан 10-15 жас категориясы (фортепиано) бойынша Муратбаева Муниса 2-орынды;
-«Ғәрезсизлик» МПЖ аймағынан 10-15 жас категориясы (Дуўтар) бойынша Жолдасбаева Тумарис 3-орынды;
-«Ғәрезсизлик» МПЖ аймағынан 16-22 жас категориясы (Дуўтар) бойынша Ниязбаева Айнура 2-орынды;
-«Айдын жол» МПЖ аймағынан 23-30 жас категориясы (Дуўтар) бойынша Бердимуратов Толыбай 1-орынды жеңип алды.
Жеңимпазларды усы жетискенлиги менен Тахтакөпир районы ҳәкимлиги атынан шын жүректен қутлықлаймыз!
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети