Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районында 16-ноябрь – Халықаралық кеңпейиллик күни мүнәсибети менен байрам илажы шөлкемлестирилди.


Елимиздиң ең үлкен байлығы – түрли миллет ҳәм халықлар арасындағы тынышлық, татыўлық, турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик болып табылады. Мәмлекетимизде көплеген миллет ўәкиллери искерлик көрсетип, олардың азат ҳәм абат өмир кеширип атырғаны халқымыздың кеңпейиллигинен дәрек береди.

Бүгин Тахтакөпир районлық Мәденият бөлиминде 16-ноябрь – Халықаралық кеңпейиллик күни мүнәсибети менен «Өзбекстан – кеңпейил үлке» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.

Илажда  район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, Дин ислери бойынша комитетитиниң районлық бас қәнигеси И.Абдижамиловлар шығып сөйлеп, ҳәр түрли миллет ўәкиллери арасында өз-ара дослық байланысларын еле де күшейтиў, кеңпейиллик ҳәм миллетлерара татыўлықты беккемлеў, олардың миллий өзлигин сақлаў ҳәм үрп-әдет, дәстүрлерин раўажландырыўлары ушын зәрүр мүмкиншиликлер жаратылып берилгенлиги ҳаққында айтып өтти.






Байрам илажы даўамында усы жылдың 13-19-ноябрь күнлери аралығында «Кеңпейиллик ҳәптелиги» шеңбериндеги илажларди жоқары дәрежеде шөлкемлестирген мәкеме ҳәм шөлкемлер район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.





Илаж, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң миллий кийим-кеншек ҳәм китаплар көргизбелери, миллий аяқ ойынлары, түрли миллетлердиӊ салт-дәстүрлери сәўлеленген сахналық көринислер ҳәм районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған  концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content