Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрилетуғын ислерге нелер киреди?


Ҳәкимшилик судқа пуқаралар ҳәм юридик шахслардың бузылған яки нызаласып атырған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳаққындағы, ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер тийисли, буған Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына, пуқаралық ислер бойынша судларына, экономикалық судларға ҳәм әскерий судларға тийисли ислер кирмейди.

Нызам менен ҳәкимшилик судқа тийисли ислерге басқа ислерде киритилиўи мүмкин.

Егер Өзбекстан Республикасының халық аралық шәртнамасында басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, ҳәкимшилик суд өзине тийисли ислерди пуқаралар, юридик шахслар ҳәм ҳәкимшилик органлар, сондай-ақ өз искерлигин Өзбекстан Республикасы аймағында әмелге асырып атырған шет ел юридик шахслары, халық аралық мәкемелер, шет ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслар қатнасында көреди.

Өз-ара байланыслы болып, базылары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса экономикалық судқа яки пуқаралық ислери бойынша судына тийисли болған бир неше талапты бирлестириўге жол қойылмайды.

Ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрилетуғын ислерге:

  • мекемелердиң норматив-ҳуқықый ҳүжжетлери жүзесинен нызаласыў ҳаққындағы;
  • жергиликли мәмлекетлик басқарыў уйымларының, мәмлекетлик басқарыў уйымларының, ҳәкимшилик-ҳуқықый искерликти әмелге асырыўға ўәкиллиги болған басқа уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳәм олар лаўазымлы шахслардың нызам ҳүжжетлерине сай келмейтуғын ҳәмде пуқаралар яки юридик шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузатуғын қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) жүзесинен даўлары;
  • сайлаў комиссиясының ҳәрекетлери (қарарлары) жүзесинен даўлары;
  • нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў, пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыўдан бас тартыў яки нотариустың ямаса пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органы лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) жүзесинен даўлары;
  • мәмлекетлик дизимге алыўдан бас тартыў ямаса белгиленген мүддетте мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыў үстинен шағым етиў ҳаққындағы;
  • усы Кодекстиң 271-статьясында көрсетилген инвестиция нызалары бойынша;
  • усы Кодекстиң 272-статьясына көрсетилген бәсекилик ҳаққындағы ислер тийисли.

Суд пуқаралар ҳәм юридик шахслардың бузылған ҳәм даўаласып атырған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳаққындағы ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан жүзеге келетуғын, нызам менен өзиниң ўәкиллигине киритилген басқа ислерди де шешеди.

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды судьясы
Г.Байназарова


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content