Усы жылдың 24-ноябрь күни районлық Мәденият бөлиминде «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти.
Онда район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, шығып сөйлеп, елимизде миллетлераралық татыўлық, дослықты беккемлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди еле де жетилистириўге бағдарланған илажлардың әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Сондай-ақ, илажда Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократик партияси Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Ахмет Орынбаевлар қатнасып бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери татыў ҳәм аўызбиршиликли түрде жасап, мийнет етип, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қаралып, ҳәр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге айрықша итибар қаратылғанлығын атап өтти ҳәм фестивал шеңбериндеги илажларға белсене қатнасқан нураныйларымызды естелик саўғалар ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлады.
Буннан соң, дослық фестивалы шеңберинде районлық Мәденият бөлими жәмәәти, бир қатар көркем өнер шеберлери ҳәм оқыўшы жаслар қатнасыўында ҳәр түрли миллетлерге тән болған дәстүрлер, үрп-әдетлер сахналық көринислерде атқарылды ҳәм концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети