Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 71-сессиясы болып өтти.


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 71-сессиясы болып өтти.

Сессияға сектор баслыклары, район ҳәкиминиӊ тийисли орынбасарлары, районлық Кеңестиң депутатлары, пуқаралар жыйыны баслықлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары қатнасты.

Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барады.

Сессия күн тәртибине муўапық:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл 1-ноябрьге шекемги келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;


– Тахтакөпир районын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ҳәм де «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптер» ҳәм «Жаслар дәптери» тийкарында 2023-жылдың 11 айы даўамында әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша Тахтакөпир районы сектор басшыларының есабатлары;



– Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 4-басқышына киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;


– Тахтакөпир районлық «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан қаржы ажыратыў;

– 2023-жылдың III шереги даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққындағы Тахтакөпир районы Ишки ислер бөлими баслығының есабаты;

– Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2023-жыл ӀӀӀ шеректе орынланыўы ҳәм жергиликли бюджетиниң 2023-жылдың ӀӀӀ шерегине белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан ажыратылатуғын қаржылар;


– 2023-жылдың 9 айы даўамында Тахтакөпир районы салық инспекциясы тәрепинен жергиликли бюджет дәраматларының орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары;


– Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды тәрепинен 2023-жылдың 9 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў барысында алып барылған жумыслары;

– Тахтакөпир районы Ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының «2023-жылдың 10 айы даўамында район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққында»ғы есабаты;

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 20-апрельдеги «Қурылыс тараўына тийисли бирден бир қурылыс  регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 200-санлы қарарына тийкар, 2023-жыл 11-айы даўамында Тахтакөпир районы қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы бөлими тәрепинен әмелге асырылған жумыслары бойынша есабаты;

– Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан дийқан хожалығын шөлкемлестириў ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;

– Тахтакөпир районы Абаданластырыў басқармасының 2023-жыл 11 айы даўамында аймақларда әмелге асырылған жумысларының есабаты;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бағдарлама шеңберинде әмелге асырылған жумыслары;

– Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен аймақты социал-экономикалық раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыў барысын қадағалаў, пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында олардың машқалаларын унамлы шешиў бойынша лаўазымлы хызметкерлер ҳәм мәкеме, кәрхана ҳәм де шөлкемлердиң басшыларына жиберилген депутатлық сораўлары ҳәм олардың  нәтийжелери;

– Қаржы ажыратыў ҳаққындағы мәселелери қарап шығылды.

Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content