Бүгинги күнде район аймағындағы билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылып атырған реформаларды иске асырыўда оқыў-тәрбия процессинде өзлериниң билими, ис тәжирийбеси ҳәм инсаныйлық пазыйлетлери менен көзге түскен оқытыўшылардың абыройын көтериў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге айрықша итибар қаратылып киятыр.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 3-февраль күнги Ф-22-санлы бийлигинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, бүгин Тахтакөпир районында улыўма орта билим бериў мектеплериниң математика ҳәм физика пәни оқытыўшыларының район ҳәкими менен ушырасыўы өткерилди.
Ушырасыўда район ҳәким Ж.Адилов шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар менен бирге оқытыўшыларға жаратылып атырған имканиятлар туўралы айтып өтти.
Буннан соң математика ҳәм физика пәни оқытыўшылары өз усыныс ҳәм пикирлерин билдириў ушын 2 секцияға бөлинип оқыў семинары шөлкемлестирилди ҳәм де алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети