Бүгин Тахтакөпир районы Мәлимлеме-китапхана орайында «Инсан ҳуқықлары» дүнья жүзлик декларациясы қабыл етилгенлигиниң 75 жыллығы ҳәм 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31 жыллығы мүнәсибети менен «Жаңа конституция ҳәм инсан ҳуқықлары» атамасында сәўбетлесиў кешеси болып өтти.
Сәўбетлесиў кешесине Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды кеңсе меңгериўшиси Саламат Зайырбеков, районлық ИИБ баслығы орынбасары, подполковник Баҳадыр Аметов, районлық 17-санлы Балалар көркем өнер музыка мектеби оқытыўшылары, белсене китапқумарлар қатнасты.
Онда сөзге шыққанлар инсан ҳуқықлары – ҳәр бир жеке шахстың қәдир-қымбаты ҳәм еркинликлериниң қорғалыўын тәмийинлеўши нызамлар жыйындысы екенлигин, ҳәзирги күндеги жасларға қаратилип атырған итибар ҳәм имканиятлар ҳаққында, республикамызда мәлимлеме-китапхана тараўын раўажландырыў, мәлимлеме-китапхана пайдаланыўшыларына хызмет көрсетиў, жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў, олардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, жаслардың интеллектуал билим ҳәм көнликпесин асырыў ҳаққында айтып өтти.
Кеше соңында қатнасыўшылар тәрепинен сораўлар берилип жуўаплар алынды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети