Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 17-январь күнги «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған «Меҳир дәптери» системасын енгизиў ис-илажлары ҳақында»ғы 26-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районы ҳәкимлиги тәрепинен «Меҳир дәптери»не киргизилген әменгерликке ҳәм қәўендерликке алынған балалардың арзыў нийетлерин әмелге асырыў мақсетинде өзиниң қәлеўиндеги саўғалар тапсырылды.
Атап айтқанда «Меҳир дәптери»не киргизилген 12 балаға жәми 90 млн.сумлық, соннан 7 дана ноутбук, 1 дана электроскутер, 7 дана велосипед, 1 дана синтезатор саз әспабы, 3 дана кишкене балалар дем алыўы ушын арналған диван ҳәм кийим қойыў шкафы, 2 дана сабақ таярлаў ушын жәмленген стол, стул ҳәм кийим қойыў ушын арналған шкаф жәмленбеси тапсырылды.
Илажда район ҳәкиминиң биринши орынбасары Т.Тоқымбетов ҳәм сектор баслықлары қатнасып, елимизде ата-ана қарамағынан айрылған ҳәм әменгерликке, қәўендерликке алынған балаларға мәмлекетимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтип, тапсырылып атырған саўғалар олардың келешеги ушын тийкар болыўына исеним билдирди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети