Бүгин Тахтакөпир районлық Мәденият сарайында 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен «Конституция – халықшыл мәмлекет, турақлы раўажланыў ҳәм абадан турмыс тийкары!» атамасында байрам салтанаты болып өтти.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Онда сөзге шыққанлар, жаңаланған Конституцияның әҳмийетли тәреплери ҳәм нормаларына тоқтап өтип, бәрше қатнасыўшыларды байрам сәнеси менен қызғын қутлықлады.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде қуяшлы Өзбекстан ғәрезсиз мәмлекет сыпатында қәлиплесип, өз тарийхында бурын әсирлер даўамында болып көрмеген жетискенликлерге ериспекте. Әсиресе, соңғы жылларда социал-экономикалық, сиясий, руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы елимиздиң табысларын пүткил дүнья тән алмақта.
Бул табыслардың баслы дереги Өзбекстан Республикасы Конституциясы негизинде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жүргизилип атырған кең көлемли реформалардың нәтийжеси болып табылады.
Байрам илажы даўамында бир қатар тараў белсендилерине Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси тәрепинен Миннетдаршылық ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.
Байрам илажы йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети