Бугин Тахтакөпир районы 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде «Зорлыққа қарсы 16 күн» акциясы шеңберинде «Биз зорлыққа қарсымыз» сүрени астында ушырасыў кешеси өткерилди.
Кешеге район ҳәкими Ж.Адилов, район прокуроры Р.Жалелов, Тахтакөпир районы ҳәкими орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги хуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығы орынбасары, подполковник Х.Реймкулова, районлық Ишки ислер бөлими хуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси хаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы капитан Б.Бахиева, аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар белсендилери, көше бий ағалар ҳәм көше басы аналар, улыўма орта билим бериў мектеплериндеги әмелиятшы психологлар ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Онда сөзге шыққанлар, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги тутқан орны ҳәм олардың нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳаққында айтып өтти.
Илаж даўамында районлык Мәденият бөлими ҳәм 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби хызметкерлери тәрепинен «Жәбирленген келин» атамасындағы сахналық көриниси ҳәм де концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нәзерине усынылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети