Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң нәўбеттен тысқары 72-сессиясы болып өтти.


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң нәўбеттен тысқары 72-сессиясы болып өтти.


Сессияға сектор баслыклары, район ҳәкиминиӊ орынбасарлары, районлық Кеңестиң депутатлары, пуқаралар жыйыны баслықлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары қатнасты.
Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барады.

Сессия күн тәртибине муўапық:
– Тахтакөпир районы аймағында 2023-2024-жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм оны зыянсыз өткериў илажлары;


– Тахтакөпир районы аймағында қыс мәўсимине таярлық көриў бойынша халықты суйылтырылған газ, көмир өнимлери ҳәм электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслары ҳәм де алдағы режелери;


-Тахтакөпир районы аймағындағы социаллық қорғаўға мүтәж аўыр шәраяттағы ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырылған жумыслары;

– Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен жәрдемге мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумыслары;

– 2023-жыл декабрь айын Тахтакөпир районы аймағында «Қабыллаў айы» етип жәриялаў ҳәм тийисли тараў басшыларының қабыллаўларын шөлкемлестириў;
-Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан «Қарақалпақ жолкөклемзарластырыў» мәмлекетлик шөлкемине нәл жетистириў жумысларын жолға қойыў мақсетинде ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;

-Тахтакөпир районы Ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының «2023-жылдың 11 айы даўамында район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққында»ғы есабаты тыңланды.


Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content