Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине арналған баспасөз конференциясы болып өтти



Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында усы жылдың 11-апрель күни өткерилген «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәмде олар менен ислесиў системасын жәнеде раўажландырыў»ға қаратылған видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тахтакөпир районында «Жаслар бәнтлиги бағдарламалары»ныӊ әмелге асырылыўы бойынша баспасөз конференциясы өткерилди.


Онда Тахтакөпир районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ш.Бектурғанов, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.



Баспасөз конференциясы даўамында район аймағындағы жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен усы жылдың 11 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мағлыўматлар тыңланды.




Өткерилген баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм жергиликли журналистлер тараў басшылары ҳәм жуўапкерлерден өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content