Усы жылдың 19-декабрь күни Тахтакөпир районлық Мәденият орайында район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бас қәнигеси И.Абдижамиловлер қатнасыўында район аймағындағы мәҳәллелердеги көше бий апалары ҳәм белсенди ҳаял-қызлар менен ушырасыў болып өтти.
Ушрасыўда сөзге шыққанлар тәрепинен республикамызда әмелге асырылып атырған реформалар, диний кеңпейиллик ҳǝм миллетлерара татыўлықты беккемлеў, ең үлкен байлығымыз болған тынышлығымызды қәдирлеў, сондай-ақ ҳаял-қызларымыз тәрепинен түрли миллетлер мәдениятына еликлеген ҳалда кийиниўи, миллий үрп-әдетлеримизге жат болған иллетлердиң кирип келиўине жол қоймаў, бул бағдарда аймақларда жасы үлкен апаларымыздың ел-журт тәғдирине бийпарўа болмаўы, жәмийетте аўызбиршилик, шүкиршилик туйғыларын қәлиплестириўде белсенди пуқаралық позицияны күшейтиў мәселелери бойынша түсиник жумыслары алып барылды.
Ушырасыў даўамында сырт еллерге шығып кетген ҳаяллардың аянышлы өмири, ўатанға қайтыўда басынан өткерген қыйыншылықларды сәўеллендириўши ўақыяларға тийкарланған «Ҳаял тәғдири» атлы көркем фильми қатнасыўшылар нәзерине усынылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети