Сессия жумысына район сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем баслықлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, районлық ғалаба хабар қурал ўәкиллери ҳәм Жиззах ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасарлары ҳәм де Жиззах ўәлаяты аймағындағы районлар онлайн түрде қатнасты.
Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барады.
Күн тәртибиндеги биринши мәселеде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шәраятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 52-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районында Жиззах ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен 2023-жылда әмелге асырылған жумыслары ҳәм де 2024-жылға белгиленген баслы ўазыйпалар ҳаққында Жиззах ўәлаяты ҳәкиминиң қурылыс мәселелери бойынша орынбасары Хасанов Хамиджонның баянаты тыңланды.
Екинши мәселеде Тахтакөпир районында 2024-жылда бәнтликти тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслардың тийкарғы бағдарлары ҳаққында Тахтакөпир районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы Алламуратов Бахтиярдың баянаты тыңланды.
Күн тәртибиндеги үшинши мәселеде Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2024-жылғы бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында Тахтакөпир районы Экономика ҳәм қаржы бөлими баслығы Тәжимуратов Зәрипбайдың баянаты тыңланды.
Төртинши мәселеде Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 4-басқышына киргизилген ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў ҳаққында Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Сейтназарова Гулчехраның баянаты тыңланды.
Бесинши мәселеде Тахтакөпир районлық “Сақаўат ҳәм көмек” қоры есабынан қаржы ажыратыў ҳаққында Айымбетов Ниетбайдың баянаты тыңланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети