Бүгин Тахтакөпир районлық Мәденият орайында «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32-жыллығы» ҳәм «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» сүрени астында ушырасыў кешеси болып өтти.
Ушырасыўға район ҳәкими Ж.Адилов, Арқа-батыс әскерий округи сәркардасының тәрбиялық ҳәм идеологиялық ислери бойынша орынбасары, полковник Улуғбек Дусматов, районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы, майор Нозим Мухитдинов ҳәм мектеплердеги 10-11-класс оқыўшыларынан дүзилген «Ўатан таянышы» отряды ағзалары қатнасты.
Онда сөзге шыққанлар Ўатанды қорғаў ҳәр бир пуқараның әдиўли миннети екенлиги, жасларымыз арасында ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириў, оларды ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў барысында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти. Илаж даўамында оқыўшы жасларда өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Буннан соң әскерий күш дүзилмелери тәрепинен әскерий шығыўлар ҳәм концерт бағдарламалары жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети