Тахтакөпир районы прокуратурасына бириктирилген 2-сектор аймағында «Темир дәптер»ге киргизилген шаӊарақлардағы мийнетке жарамлы жумыссыз пуқаралар саны 295 ды қурап, жыл басынан олардың барлығы жумыс пенен тәмийинленди. Халық депутатлары районлық Кеңесиниң сессия қарары тийкарында 198 шаңарақ «Темир дәптер» дизиминен шығарылды.
Сондай-ақ, сектор аймағында жасаўшы «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген 189 ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. Соны да айтып өтиў керек, аймақта исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши 13 ҳаял-қызлар исбилерменликке оқытылып, 11 ҳаял-кызға 93 млн. сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер берилиўинде әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Бағыўшысын жоғалтқан 18 ҳәм майыплығы болған 16 ҳаял-қызларға болса «Ҳаяллар дәптери» қорынан 1 мәртелик жәрдем пуллары ажыратылды. Үй-жайға мүтәж 2 ҳаял-қыздың бүгинги күнде турақ жай менен тәмийинлениў шаралары көрилмекте. Ал, бул тайпадағылардан және 2 пуқараға ижара компенсация пуллары төлеп берилди.
Қарамағында майып перзенти бар 4 ҳаял-қызға 1 мәртелик жәрдем яғный 5 млн.160 мың сум муғдарындағы жәрдем пулы олардың банк пластик карталарына өткерилди. Сондай-ақ, усы тайпадағы және бир пуқараға районлық фермер-дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери бөлими тәрепинен 100 мың сумлық мийўе нәллери берилип, оның қыйтақ жеринде киши бағ жаратыўына шараят жаратылды.
Секторда әмелге асырылып атырған жумыслар қатарында ең әхмийетлиси, сектор аймағында жасаӯшы 69 ҳаял-қызлардан ҳәр бирине дерлик 2 миллион сумлық медициналық жәрдемлер көрсетилди. Буннан тысқары, олар зәрүр дәри-дәрмақлар менен де бийпул тәмийинленди.
Айтып өтиў керек, сектор ағзалары бүгинги күнде де өзлерине бириктирилген көше ҳəм де елатлы пунктлерде үйме-үй жүрип, аймақта жасаўшы халықтың машқалаларын үйрениў жумысларын алып бармақта. Әлбетте, бунда анықланған машқалалар өз ҳалына таслап қойылмайды. Олар бойынша сектор баслығы тəрепинен тийисли орынларға усыныслар киргизилип, орын алып атырған машқалалардың унамлы шешилиўин тəмийинлеўге қаратылған жумыслар даўам еттириледи.
Гафур Абдиев,
Тахтакѳпир районы прокурорының жәрдемшиси
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети