Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли илажлар даўам етпекте


Бүгин Тахтакөпир районы «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли кеше болып өтти.

Өткерилген илажда «Нураный» қоры районлық бөлими баслығы Е.Бегманов, сондай-ақ, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими бас қәнигеси Қ.Бахытбаев ҳәм Дин ислери бойынша комитетиниң Тахтакөпир районы бойынша бас қәнигеси И.Абдижамилов ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты.

Онда сөзге шыққанлар тәрепинен 2023-жылдыӊ 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊеси мәжилисинде мәмлекетимиз Президенти тәрепинен билдирилген пикир, усыныслар, жаӊа басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардыӊ әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти.

Буннан соң, байрам илажы районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content