Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар даўам етпекте


Тахтакөпир районы аймағындағы «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли кеше болып өтти.

Өткерилген илажда Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы оқытыўшылары А.Сейткамалов, Е.Сейтмуратовлар ҳәм Дин ислери бойынша комитетиниң Тахтакөпир районы бойынша бас қәнигеси И.Абдижамилов, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Н.Азбергеновлар қатнасты.

Онда сөзге шыққанлар 2023-жыл 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊеси мәжилисинде мәмлекетимиз Президенти тәрепинен билдирилген пикир, усыныслар, жаӊа басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардыӊ әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти.

Сондай-ақ, кешеде районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.

Skip to content